Yazı məzmunu
"Мулоқот" Халықаралық заманагөй көркем өнер жойбары "Халықаралық музейлер күнине" арналған бул жойбарда, бир қанша илажлар болып өтеди. Хәмде биринши мәрте Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласында, "Руҳсор" заманагөй көркем өнер музейиниң белсене қоллап-қуўатлаўы арқалы И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик көркем өнер музейи, Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик мәденияты ҳәм тарийх музейи ҳәм де, Өзбекстан көркем өнер академиясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими менен биргеликте болып өтеди. Бул жойбар, визуал көркем өнер тараўындағы мәдений алмасыўлар ушын ашық майдан, ҳәрқыйлы мәмлекетлердеги жаңа көркем өнер түрлери менен танысыў, актуал мәдений ҳәм көркем өнер ҳаққындағы сораўларды додалаў, трансформация ҳәм олардың инсанның сезимлери ҳәм ўақыт пенен болған байланысларын билдиреди. Толық мағлыўмат мына жерде