TGINSIGHT CHAT
Gproject
@gojeproject
LinguisticsOflayn ilajlar arqalı Qaraqalpaq xalqınıń mádeniyatı hám tilin rawajlandırıwǵa úles qosatuǵın ortalıq IRL events for Karakalpak youth: culture & lang @goje_support
Son yazılar
6/7 səhifə · 73 yazı
Yayımlandı 13 avq
"Qurıltay by GÓJE" birinshi ushırasıwınan súwretler tayar Qatnasıwshilarǵa hám shólkemlestırıwde járdem bergenlerge minnetdarlıǵımızdı bildiremiz. Kóbirek súwretler usi siltemede Фотографии с первой встречи "Qurıltay by GÓJE" готовы Благодарим участников и всех кто помог с организацией данного мероприятия! Больше фотографий здесь
Yayımlandı 11 avq
12 avgust kúni Tashkent qalasında "Qurıltay by GÓJE" atlı ilajımızdıń birinshi sanı bolıp ótedi. Bul kúni "Dóretiwshilik birlespeleri" hám qaraqalpaqsha "Sháryar" dastanı temalarına talqılaw bolıp ótedi. Aldınnan dizimnen ótiwińizdi soraymız. Dizimnen ótiw ushın @palkavvodec qa xabarlassańız boladı. Baslanıwı: 17:00 Kiriw biypul 📍kovorking-cafe "Shake&Pear", Tashkent qalası Adres: Alisher Navoiy kóshesi 11 12 августа в городе Ташкенте состоится первое мероприятие "Qurıltay by GÓJE". В этот день будем говорить на тему "Творческие объединения", а также проведём обсуждение каракалпакского дастана "Шарьяр". Просим пройти предварительную регистрацию написав 👉@palkavvodec. Начало: 17:00 Вход СВОБОДНЫЙ 📍 коворкинг-кофейня "Shake&Pear", город Ташкент Адрес: Проспект Алишера Навои 11
Yayımlandı 21 iyn
Қайнаған қурбақа синдромы: қандай қылып ҳәммеси жүдә кеш болмасынан алдын, турмыс дозаққа айланып атырғанын байқаўды үйренсе балады Толық усы жерде оқың! Бизиң instagramǵa қосылың!
Yayımlandı 10 iyn
GÓJEpodkast 7 san miymanı "Yumorbek" Maxset Abdijamilov Videonı Youtubeta kóriw Instadalayk basıp ketiw)
Yayımlandı 6 iyn
Телеграмда, енды сиз, художник-дизайнер ҳәм «Көз» студиясының тийкаршиси Нурлан Қалбаев басшылығындағы жаратылған, миллий сап қарақалпақша стикерлерден пайдалансаңыз болады. Өз сезим ҳәм туйғыларыңызды усы миллий стикерлер арқалы билдириң. Және де бул студия жабысқақ стикерлер(наклейка) ислеп шығарған еды. Стикерлерды усы силтемe арқалы көрсеңиз болады.
Yayımlandı 3 iyn
Метаго атлы финанслық пирамида туўралы қысқа ролик иследик Ютубта көриў 👉https://youtu.be/SflT0yheal0 Инстаграмда көриў 👉https://www.instagram.com/reel/Cs_doh9sggo/?igshid=MmJiY2I4NDBkZg==
Yayımlandı 30 may
Бекназар Абдикамалов - қарақалпақстанлы программист. Бүгинги күнде «Hupo»(алдынғы аты «Ami Labs») компаниясиниң бас техникалық директоры. Бекназардың өмирлик жолы 👉https://telegra.ph/Beknazar-Abdikamalovtyң-өmirlik-zholy-05-30 Бекназар менен подкаст 👉https://youtu.be/m-Qx888erRA
Yayımlandı 26 may
Сиз билетуғын бедиңиз? 2021-жылы Өзбекстанда өз искерлигин баслаған ең биринши манга-студия, «Tokyo group" өзиниң "Арал әрманы" деп аталған, Қарақалпақстаның Арал теңизи ҳаққындағы "фентези-саяхатлар" жанрындағы мангасын кең аудиторияға усынды. Манганы англичан, орыс ҳәм қарақалпақ тиллеринде tokyogroup.uz сайтында оқыса балады.
Yayımlandı 17 may
Нөкисте халықаралық Берлин кинофестивалиниң жеңимпазы “Бақыт” (2022) атлы филминиң көргизбеси болып өтеди. Фильм Қазақстан жәмиетинде ҳаялларға болған зорлық ҳаққында. Бул тема Қарақалпақстан жәмиети ушын да бийтаныс емес ҳәм оғада актуал. Кинокөргизбени көркем-өнер таныўшы Самандар Эгамбердиев басқарады. 🗓️ 18,19- жаўза (май) 📍Maxxcafe ☎️ +998332220606
Yayımlandı 14 may
"Мулоқот" Халықаралық заманагөй көркем өнер жойбары "Халықаралық музейлер күнине" арналған бул жойбарда, бир қанша илажлар болып өтеди. Хәмде биринши мәрте Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласында, "Руҳсор" заманагөй көркем өнер музейиниң белсене қоллап-қуўатлаўы арқалы И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик көркем өнер музейи, Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик мәденияты ҳәм тарийх музейи ҳәм де, Өзбекстан көркем өнер академиясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими менен биргеликте болып өтеди. Бул жойбар, визуал көркем өнер тараўындағы мәдений алмасыўлар ушын ашық майдан, ҳәрқыйлы мәмлекетлердеги жаңа көркем өнер түрлери менен танысыў, актуал мәдений ҳәм көркем өнер ҳаққындағы сораўларды додалаў, трансформация ҳәм олардың инсанның сезимлери ҳәм ўақыт пенен болған байланысларын билдиреди. Толық мағлыўмат мына жерде
Yayımlandı 13 may
Қарақалпақстаннан Формула-1 трассасына дейин: дүньядағы ең тез машиналардың маршалы болған Дильфуза Маткаримова тарийхы Толық мақала 👉кириллша ҳәм латыншада. Мақаланың қысқа түрин инстаграм постымызда оқып көрсеңиз болады.
Криптовалюта бул не? Биз әпиўайы сөз бенен түсиндиремиз. Мақаланың қысқа түрин инстаграм постымызда оқып көрсеңиз болады. Толық мақала кириллша ҳәм латыншада. #мақала#пайдалы#криптовалюта#биткоин#финанслар#блокчейн